2025-жыл
12-май күни Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес
депутаты Қ.Жалиев Қарақалпақстан Республикасы
Жоқары Кеңеси депутаты А.Аллиярова менен биргеликте 1-санлы мектеп
питкериўшилери менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы
Президентиниң 2025-жыл 14-февральдағы Жаслар менен болып өткен ашық саўбетлесиўинде
белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, сондай-ақ, усы ушырасыў барысында жаслар тәрепинен берилген усынысларды қоллап-қуўатлаў, олардың сыпатлы
билим алыўлары ушын имканиятлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы
Президентиниң 2025-жыл 26-марттағы 61-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында пикир алысыў болып өтти.