Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Тўрткўл тумани ҳокимлиги биносида O'zLiDeP депутатлик гуруҳи аьзолари ва жамоат ташкилотлари иштирокида навбатдаги эшитув бўлиб ўтди.
янв.21
To‘rtko‘l tumani MMTBga qarashli 10- sonli umumta’lim maktabida O‘zXDP Qoraqalpog‘iston Respublikasi Jo‘qorg‘i Kengesi deputati S.Gechgeldiyeva O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Sh.M.Mirziyoyevning Oliy Majlis va O‘zbekiston Respublikasi xalqiga yo‘llagan murojaatnomasining mazmun va mohiyati maktab yoshlar jamoasi va xodimlariga tushuntirish ishlari olib borildi.
янв.21
“Quvonch va mehr ulashaylik” loyihasi doirasida hayriya tadbiri
янв.21
MUROJAATNOMADAGI MUHOKAMALAR
янв.21
To‘rtko‘lda "Mehr ulashaylik" aksiyasi o‘tkazildi
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoyev 23 sentabr kuni Nyu-York shahridagi Birlashgan Millatlar Tashkiloti Bosh Assambleyasining 80-yubiley sessiyasida nutq so‘zladi.
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining Birlashgan Millatlar Tashkiloti Bosh Assambleyasining 80-yubiley sessiyasi umumsiyosiy munozaralaridagi nutqi mamlakatimiz uchun muhim tarixiy voqea sifatida katta ahamiyatga ega.
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
2026-yil o‘qituvchilar uchun katta imkoniyatlar yili
янв.21
To‘rtko‘lda “Siyosatdagi yoshlar” intellektual “Zakovot” turniri o‘tkazildi.
Мүнәсибет

 Өзбекстан Республикасы Президент Шавкат Мирзиёевтың мәмлекетимиздеги жаңаланыўларға айрықша тоқтап өтип, "Биз Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес ҳалда, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын алып бармақтамыз. Буның ушын артқа қайтпайтуғын реформаларымызды избе-из даўам еттирип атырмыз. Соңғы жылларда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға ерисилгени атап өтилди. Оған, ең дәслеп, билимлендириў ҳәм илим тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ерисилмекте. Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артқаны, жасларымыздың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы болса 9 проценттен 42 процентке жеткени атап өтилди. Ең тийкарғысы - оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң абырай-мәртебесин кескин арттырыўды шешиўши мәселе сыпатында қаралмақта. Ҳурметли Президентимиздиң жоқарыдағы ҳәр бир тараўдағы ерисилген нәтийжелерге атап өтер екен, бул елимиздеги болып атырған өзгерислер, раўажланыўлар өз-өзинен болып атырмағанлығы, бунда әлбетте журт басшымыздың жаратып қойған имканиятлары, жәнеде келешекке батыл қәдемлер менен алға илгерилеўлерге кең жол ашып бергенлигиниң айқын дәлили болып есапланады. “Баслы мақсетимиз-мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдири ҳәм абаданлығын арттырыў болып есапланады" ҳәм “Ең тийкарғысы-Оқытыўшы ҳәм устазлардың кәсибиниң абырай-мәртебесин кескин арттырыўға қаратылған шешиўши мәселе сыпатында қаралмақта”- делингенлиги бул Өзбекстан халқына, устаз оқытыўшыларға үлкен бир итибар болып бул ҳәр бир инсан тәрепинен қуўанышлы қабыл етилди тәсирли сөзлер болды десек қәтелеспеймиз.  

Гулхатиша ЮСУПОВА, 

3-"Маденият" сайлаў округинен депутат.