35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Budjet intizomi va nazorat: Termiz shahar Iqtisodiyot va moliya bo‘limi faoliyati tahlil qilindi
янв.21
Deputatlik faoliyati tahlil qilindi
янв.21
“Majnuntol” mahallasida ichki yo‘llar holati o‘rganildi
янв.21
“Majnuntol” mahallasida fuqarolar qabuli o‘tkazildi
янв.21
“Mahalla yettiligi” faoliyati — deputatlik nazoratida: “Majnuntol” mahallasida o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
Fuqarolar murojaatlari — deputatlik nazoratida
янв.21
“Mahalla yettiligi” faoliyati — deputatlik nazoratida
янв.21
Imtiyozli kreditlar samaradorligi — deputatlik nazoratida
янв.21
Qonun ijrosi va mahalla faoliyati deputatlik nazoratida
янв.21
Navbatdagi sessiya oldidan muhim masalalar muhokama qilindi
Депутат тәрепинен Балалар спорт мектебинде жаратылған имканиятлар үйренилди

Депутат тәрепинен Балалар спорт мектебинде жаратылған имканиятлар үйренилди

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары орынларда халықтың турмыс сапасын жақсылаў, әсиресе жаслар арасында саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў бойынша избе-из жумысларды әмелге асырмақта.

Атап айтқанда, партия топары ағзасы Х.Абдижалиев райондағы Балалар спорт мектебинде болып, алып барылып атырған жумыслардың жағдайын үйренди.

✅ Үйрениў жумысларының баслы мақсети — халық арасында саламат турмыс мәдениятын қәлиплестириў, пуқаралардың физикалық белсендилигин арттырыў, әсиресе аўыллық жерлерде спорт пенен шуғылланыў имканиятларын еле де кеңейтиўден ибарат болды. Сондай-ақ, депутат спорт мектебинде жаслар үшын жаратылған имканиятлар, спорт заллларының жағдайы ҳәм спорт секцияларының ислеў процеси менен жақыннан танысты. Соның менен бирге, спорт тренерлери ҳәм мектеп жәмәәти менен сәўбетлесип, олардың алдында турған әҳмийетли мәселелер ҳәм усынысларын тыңлады.

✍️ Үйрениў жуўмағында анықланған мәселелерди унамлы шешиў, аўыллық аймақларда спорт инфраструктурасын еле де раўажландырыў ҳәм жасларды спортқа кеңнен тартыў бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылды.

Slide 1 of 7