Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Búgin Taxtakópir rayonı hákimliginiń májilisler zalında Xalıq deputatları Taxtakópir rayonlıq Keńesiniń gezektegi on segizinshi sessiyası bolıp ótti.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
«Гезектеги турақлы комиссия мәжилиси» болып өтти.
янв.21
“Buyuk mutafakkir Alisher Navoiy — millat faxri”
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев Шымбай районы "Гүлистан" мәкан пуқаралар жыйынында болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, тийисли мәкеме, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген 6 тийкарғы бағдар, сондай-ақ, жетилистирилип атырған “Өзбекстан –2030” стратегиясының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматлар берилип, депутат Х.Абдижалиев 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 7