Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
«Депутат мәҳалледе» жойбары.
янв.21
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
янв.21
Халық депутатлары районлық Кеңесине 2-санлы «П.Нурпейсов» округинен сайланған депутат А.Пиржанова сайлаўшылар менен ушырасты.
янв.21
ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ
янв.21
Taxtakópir rayonında Prezident Múrájatınıń mazmunı hám áhmiyeti túsindirildi.
янв.21
2-FEVRAL – BUTUNJAHON SUVLI-BOTQOQLI HUDUDLAR KUNI
янв.21
Taxtakópir rayonında "Baslamalı byudjet" processlerine baylanıslı seminar-trening shólkemlestirildi
янв.21
Тахтакөпир районында: "Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик" акциясы өткерилди.
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

         Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси 9-санлы «А.Дабылов» сайлаӯ округинен сайланған депутаты Примбетов Нажиматдин Тахтакөпир районы "Дауир" МПЖда болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.    

        Ушырасыўда депутат Н.Примбетов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәмде Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат Н.Примбетов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди. 

        Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.  

Slide 1 of 4