2026-жыл 2-февраль күни Тахтакөпир районы 11-санлы мектеп
имәратында Халық депутатлары районлық Кеңесине 2-санлы «П.Нурпейсов» округинен
сайланған депутат А.Пиржанова, 2025-жыл даўамында әмелге асырылған депутатлық
жумыслары бойынша сайлаўшыларына есабатын берди.
Ушырасыў даўамында, жаңадан қабыл етилген пәрман,
қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият
жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, депутатлық
қадағалаўға алынды.