Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ногиронлиги бўлган шахсларни ижтимоий реабилитация қилиш масаласи муҳокама қилинди
янв.21
Камбағалликни қисқартириш ва бандликни таъминлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
“Маҳалла лигаси” спорт мусобақаларига старт берилди
янв.21
Депутат маҳалладаги ижтимоий соҳада олиб борилаётган ишлар билан танишди
янв.21
Кадрларни ишга жойлаштириш масаласи муҳокама қилинди 🏛
янв.21
📌 Ички йўлларни таъмирлаш ва сақлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
📌 Учрашув ва ўрганишлар олиб борилди
янв.21
Депутатлик одоби қоидалари ижроси таҳлил қилинди
янв.21
📌 Халқ депутатлари Сўх туман Кенгашининг навбатдаги сессияси бўлиб ўтди
янв.21
📍 Ўрганиш ва назорат ишлари олиб борилди
Депутат мәҳәлледе жойбары

🟣 Шымбай районы ХДП: "Депутат мәҳәлледе” жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди

🔰 Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен «Көкши қала» МПЖ аймағында жайласқан «Ватанпарвар» шөлкеми Шымбай районы оқыў спорт техника клубында "Депутат мәҳәлледе" жойбары шеңберинде ушырасыў өткерилди.

🔹 Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Есемуратов ҳәм де партия белсендилери қатнасты.

📃Илажда депутат А.Есемуратов партия ағзаларына мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыў, ҳуқықлар ҳәм имканиятлар теңлигин тәмийинлеў, күшли социаллық сиясат жүргизиўге қаратылған 10 бағдарда 15 стратегиялық қәдемнен ибарат тийкарғы мақсетлер орын алған партия Сайлаўалды бағдарламасы ҳаққында мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы ПҚ-248-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндирди.

✅ Сондай-ақ, ушырасыў даўамында мәкеме хызметкерлериниң мүрәжатлары тыңланды ҳәм депутат А.Есемуратов тәрепинен шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 2