Yangiliklar

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 63-Қараѳзек округинен депутат М.Абдиров ҳәм Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 16-Ақбеткей сайлаў округи депутаты С.Жолдыбаевлардыӊ «Есимѳзек» аўыл пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 63-Қараѳзек округинен депутат М.Абдиров ҳәм Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 16-Ақбеткей сайлаў округи депутаты С.Жолдыбаевлардыӊ «Есимѳзек» аўыл пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўда депутатлар тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, жаңадан қабыл етилген нызам, қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың аймақта орынланыўы бойынша таныстырды. Сондай-ақ, аймақ пуқаралары тәрепинен тәбийий газ жеткерип бериў, тоғай хожалығынан отын алыўда жеңиллик бериў, мәмлекетлик балалар бақшасын қурыў, ишки жолларды ремонтлаў, социаллық жәрдем мәселелеринде мүрәжатлар билдирилип, депутат тәрепинен қадғалаўға алынды. Және де мүрәжатлар орнына барып үйренилди ҳәм тийисли мәмлекетлик уйымлар менен әмелий шешими бойынша илажлар белгиленди.

Slide 1 of 1