Нөкис районы суў жеткерип бериў хызмети мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен 2024-2025-жыл гүзги-қысқы мәўсимде 24 км каналларда бетонлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Соннан бүгинги күнде «Дийхан арна» каналында 430 метр, «Жүзгелди» салма каналының 35 метр бетонланып, бул жумыслар даўам еттирилмекте.
Халық депутатлары Нɵкис районлық Кеңеси секретарияты баслығы Н.Сейтназаров ҳәмде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери» бойынша турақлы комиссия баслығы М.Бегдуллаев «Ақманғыт» ППЖ аймағындағы ишки «Жүзгелди» салмасында исленип атырған бетонлаў жумыслары менен танысып, олардың жумыс орынларына барып депутатлық қадағалаў ɵткерилди.