Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
янв.21
Jergilikli Keńes wákillikleri arttırılmaqta
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық бесинши сессиясы болып өтти.

Нөкис районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық бесинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары ҳәм тийисли тараў басшылары, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. 

Сессияны Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊеси баслығы З.Зайтов басқарып барды.

Биринши мәселе сектор баслықларының аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бойынша 2024-жыл даўамында алып барылған жумыслары ҳаққында сектор басшыларының мәлимлемелери тыңланды.

Екинши мәселе Нөкис районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2024-жыл даўамында алып барылған жумыслары бойынша Нөкис районы Әдиллик бөлими баслығы А.Утеулиевтиң есабаты тыңланды. 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 1