Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
янв.21
Jergilikli Keńes wákillikleri arttırılmaqta
янв.21
Múrájatlar unamlı sheshim tappaqta
янв.21
Múrájatlar unamlı sheshim tappaqta
янв.21
Мүнәсибет
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.

 Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси
өткерилмекте.
 

Өзбекстанның
дунья мәмлекетлери арасында абройы жылдан жылға артып бармақта. Буған айқын
мысал спатында бүгин Самарқанд қаласында ЮНЕСКО бас конференциясының
43-сессиясының ашылыў мәресимин айтып өтсек болады. Бул конференция биринши мәртебе
Париж қаласынан тысқарыда, яғный Самарқанд қаласында болып атыр. Конференцияға
2800 ден аслам делегатлар қатнаспақта.Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың бул мәресимге
қатнасып баянат жасаўы елимиздиң дунья көлеминде абройы жоқары екенлигин ҳәмде
белсендилигин көрсетеди. Миллий мәдениятымызды, үрип-әдетлеримизди, дәстүрлеримизди,
елимиз тарихын көз қарашығындай абайлап, сақлап келешек аўладқа жеткериў
бойынша алып барылып атырған елимиздеги сиясат дунья көлеминде талқыланып тән
алынбақта. Самарқанд қаласында өтип атырған ЮНЕСКО конференциясы тәлим, илим ҳәм
мәденият тараўларындағы глобал машқалаларды талқылаў менен бирге олардын
шешимин табыўғада себепши болады деп ойлайман.
 

Халық
депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты Қ.Сейтжанов