Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shomanay rayonın 2026-jılda kompleksli sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw máseleleri dodalandı
янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 80-сессиясының улыўма додалаўларында шығып сөзинде, Мәмлекетимиз басшысы бүгинги мәжилис жеделлик пенен өзгерип атырғанлығын, қыйын глобаллық жағдайда өтип атырғанлығын, бул болса Шөлкемниң жумысына ҳәм оның келешегине жаңаша көзқараслар менен қараўға шақырып атырғанын атап өтти. 

"Ҳәзирги күнде дүньяда халықаралық институтлардың орны ҳәм роли төменлеп, қарама-қарсылықлар, келиспеўшилик ҳәм урыслар күшейип баратырғанлығын, технологиялық ҳәм социаллық теңсизлик кескин өзгерип, экономикалық ҳәм гуманитарлық кризислер артып баратырғанлығын, булардың барлығы пүткиллей жаңа, қәўетерли геосиясий ўақыяны пайда етип атырғанлығын. 

Биз Бас хаткер Уллы Мәртебели Мырза Антониу Гутерриштиң ең аўыр ҳәм өткир глобаллық мәселелерди келисим менен шешиў ушын Шөлкемимизди тийкарғы платформа сыпатында сақлап қалыўға қаратылған ҳәрекетлерин жоқары баҳалайтуғынлығымызды, бул бағдарда "БМШ - 80" басламаларын толық қоллап-қуўатлап, Келешек ушын
пактке қатаң садықлығымызды тастыйықлаймыз, “Биз заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин қорғаў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесин трансформациялаў ҳәм оның қурамын кеңейтиў тәрепдарымыз" деп журт басшымыз путкил тынышлық
тәрепдары болған Өзбекстан халқыныӊ ҳақыйқый кеўлиндеги сөзлерин айтты.
 

13-санлы “Порлытаў” сайлаў округи депутаты Бисенов Кенжеғали Казбекович