Yangiliklar

"Қырантаў" аўыл пуқаралар жыйынындағы 30-санлы мектепте "Өзбекстан улыўма үйимиз," "Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!" сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди

Нөкис районында миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын және де беккемлеў, түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, раўажландырыў мақсетинде "Қырантаў" аўыл пуқаралар жыйынындағы 30-санлы мектепте "Өзбекстан улыўма үйимиз," "Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!" сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди.

Дослық ҳәм мәденият фестивалы шеңберинде "Үрп-әдет ҳәм қәдириятлар миллет айнасы" темасында туўысқан халықлардың бийтәкирар нама-қосықлары, мәденияты, аяқ ойынлары, көркем өнери, үрп-әдетлери көрсетилип, дәстүрлерин сәўлелендиретуғын көргизбелер және жазыўшы ҳәм шайырларының шығармаларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

⚡️Илаж шеңберинде белсене қатнасқанларға район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Slide 1 of 5