Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shovot tumani “Yangi O‘zbekiston” mahallasida targ‘ibot tadbiri o‘tkazildi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI SHOVOT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI BO‘LIB O‘TDI.
янв.21
Shovot tumanida targ‘ibot tadbiri bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputatlar tomonidan murojaatlar joyida o‘rganildi
янв.21
Халқ депутатлари Хоразм вилояти ва Шовот тумани Кенгашлари депутати Елёр Душамов сайловчилар билан учрашув ўтказди
янв.21
Deputat saylovchilar bilan ochiq muloqot o‘tkazdi
янв.21
Shovot tuman partiya tashkilotiga "Qangli" mahallasida yashovchi  fuqaro O.Sultonovning chiqindini belgilanmagan joylarga tashlanishi yuzasidan  yòllagan murojaati òrganildi.
янв.21
Qonun buzilish holatlarini aniqlash va oldini olish bòyicha
янв.21
"Adolat" SDP deputati tashabbusi bilan xotin-qizlar bandligi ta’minlanmoqda.
янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashida "Adolat" SDP deputatlik guruhi yig‘ilishi bo'lib o'tdi.
Спорт ҳәм илимдеги жоқары нәтийжелер - жаңа Өзбекстан раўажланыўының беккем тийкары.

Ҳәр жылы дәстүрге айланып үлгерген Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты мәмлекетимиздиң раўажланыўында стратегиялық әҳмиетке ие болған сиясий ҳүжжет болып есапланады. 2025-жыл 26-декабрь күни жәрияланған гезектеги Мүрәжат усы жыл даўамында әмелге асырылған реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм жетискенликлерди ҳәр тәреплеме талқылады және келеси жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалар менен мақсетлерди анық белгилеп берди.

Бул Мүрәжатта алға қойылған ҳәр бир басламаның тийкарында инсан қәдирин улығлаў, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўды әдил ҳәм турақлы жол менен тәмийинлеў, пуқаралардың турмысын жақсылаў және Өзбекстанды дүня көлеминде өз сөзине ие болған жетекши мәмлекетлердиң қатарына алып шығыў мақсети жәмленген.

Ҳақыйқатында да, Өзбекстан бүгин ҳәр тәреплеме раўажланып атырған, бай тарийхқа ҳәм уллы келешекке ие мәмлекет сыпатында дүня жәмиечилигиниң итибарын тартпақта. Әсиресе, спорт тараўында ерисилип атырған жетискенликлер мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын және де арттырмақта. 2025-жыл Өзбекстан спорты тарийхында айрықша орын иеледи. Бүгин дүняның жетекши спорчылары, жеке ме, командалық спорт түрлери ме, Өзбекстан спорчылары менен қатаң есапласыўға мәжбүр болмақта.

Бәринен бурын, Өзбекстан футболы ушын усы жыл ҳақыйқый тарийхый басқыш болды. Миллий сайланды командамыздың биринши мәрте Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизип, халқымыздың 34 жыллық әрманы әмелге асты. Бул болса мәмлекетимизде спортты раўажландырыўға қаратылған узақ мүддетли ҳәм нәтийжели сиясаттың айқын нәтийжеси болып табылады. Бул жетискенликлер жасларымызда ўатансүйиўшилик ҳәм спортқа болған қызығыўшылықты және де беккемлейди.

Сондай-ақ, шахмат тараўында да Өзбекстан өз потенциалын көрсетти. Шебер шахмачыларымыз жәҳән кубогында мүнәсип қатнасты, әсиресе, нәўқыран гроссмейстер Жавоҳир Синдоров жәҳән кубогиниң ең жас иеси болды. Бул елимизде қәбилетли жасларды тәрбиялаў ҳәм қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилигин көрсетеди.

Жақында 9-17 жаслы шахмачылар арасында рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша өткерилген жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 5 броньза медальын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 1-орынды иеледи. Бул болса жасларды тәрбиялаў ҳәм олардың қәбилетлерин раўажландырыў бағдарындағы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжеси болып табылады.

Жаслар арасындағы Параазия ойынларында спорчыларымыз 125 алтын, 77 гүмис ҳәм 52 броньза медальын қолға киргизгени болса елимизде инклюзив спортты раўажландырыў ҳәм ҳәр бир инсанның қәдирин улығлаўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың нәтийжеси болып есапланады. Бул жетискенликлер жасларымызда мәртлик, жигерлилик ҳәм ерк-ықрар бар екенлигин көрсетеди.

Соның менен бирге, талантлы ул-қызларымыздың билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларында қолға киргизген жетискенликлери де Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Быйылғы жылы олар халықаралық пән олимпиадаларында 51 алтын, 101 гүмис ҳәм 126 броньза медальын қолға киргизип, мәмлекетимиздиң интеллектуаллық потенциалын пүткил дүняға көрсетти. Бул дегени, Ибн Сино, Беруний, Ферғаний ҳәм Мырза Улығбеклерге мүнәсип перзентлер жетисип шығып атырғанынан дәрек береди.

Жуўмақлап айтқанда, спорт, билимлендириў ҳәм илим тараўларында ерисилип атырған жетискенликлер Жаңа Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ҳәм жоқары абырайының гиреўи болып есапланады. Ҳүрметли Президентимиздиң атап өткениндей, бүгинги глобал өзгериўшең дәўирде биз таяр нәтийжелерди күтпеймиз, ал ҳәр қандай шеклерге өз билимимиз, мийнетимиз ҳәм ерк-ықрарымыз бенен ерисемиз.

Нажиматдин Примбетов

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң депутаты

Slide 1 of 1