Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yoshlarning huquqiy bilimini oshirish — jamiyat taraqqiyotining asosiy omili
янв.21
📌 TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
📊 OQ OLTIN MAHALLASIDA YOSHLAR BANDLIGI O‘RGANILDI
янв.21
📌 YOSHLARNING HUQUQIY BILIMINI OSHIRISH
янв.21
Shovot tumanida ijtimoiy himoya tadbiri
янв.21
Deputatlar hududdagi ijtimoiy soha obyektlarini o'rgandilar
янв.21
🏗 Komiljon Otaniyozov mahallasida obodonlashtirish va yo‘llar holati o‘rganildi
янв.21
🏗 “Infratuzilma va ijtimoiy barqarorlik” jamg‘armasi mablag‘laridan samarali foydalanish hamda ehtiyojmand oilalarni qo‘llab-quvvatlash bo‘yicha amalga oshirilgan o‘rganishlar
янв.21
🏥 Shovot tumanida tibbiy xizmat sifati o‘rganildi
янв.21
Hududlarda ijtimoiy infratuzilmani rivojlantirish ishlari o‘rganildi
Мүнәсибет

Бүгинги күнде Өзбекстанда алып барылып атырған сиясий процесслер мәмлекетимиздиң жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолындағы исенимли қәдемлерин сәўлелендиреди. Конституциялық реформалар, демократиялық институтларды беккемлеў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў сыяқлы реформалар - бәршемиздиң ертеңги күнимиз ушын жуўапкершиликли қатнас жасаўымызды талап етеди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы жумысының орайында - инсан, оның өмири, ҳуқықлары ҳәм мәплери турады. 

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, турақлы сиясий орталық жаратылғаны, пуқаралардың сиясий процесслерде белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратып атырғаны - унамлы қәдемлер сыпатында атап өтиў орынлы.

Соның менен бирге, ҳәр қандай реформа процесинде халықтың социаллық қорғалыўы, кем тәмийинленген қатламлардың мәплерин тәмийинлеў, әдиллик ҳәм теңлик принциплерине әмел етиў әҳмийетли болып есапланады. 

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы социаллық әдилликти тәмийинлеў, жумыссызлықты азайтыў, пенсия ҳәм напақа системасын жетилистириў, майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелий илажлар алып барылмақта. 

Сондай-ак, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының идеялық мақсет ҳәм ўазйпаларын халық арасында, әсиресе партия электораты арасында үгит-нәсият етиў баслы ўазыйпалардың бири саналады. Бунда бирниши гезекте басланғыш партия шөкемлеринде үгит-нәсият илажларын шөлкемлестриў, онда партия электораты ўәкиллерин қыйнап киятырған машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешим табылыўына ерисиў ушын депутатлар менен биргеликте әмелий илажлар шөлкемлестирип келмектемиз. 

Халықтың абадан турмысы ушын өзимиздиң бар күш жигеримиз бенен белсене ҳәрекет етемиз.

Slide 1 of 1