Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Shovot tumani “Yangi O‘zbekiston” mahallasida targ‘ibot tadbiri o‘tkazildi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI SHOVOT TUMANI KENGASHINING NAVBATDAGI SESSIYASI BO‘LIB O‘TDI.
янв.21
Shovot tumanida targ‘ibot tadbiri bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputatlar tomonidan murojaatlar joyida o‘rganildi
янв.21
Халқ депутатлари Хоразм вилояти ва Шовот тумани Кенгашлари депутати Елёр Душамов сайловчилар билан учрашув ўтказди
янв.21
Deputat saylovchilar bilan ochiq muloqot o‘tkazdi
янв.21
Shovot tuman partiya tashkilotiga "Qangli" mahallasida yashovchi  fuqaro O.Sultonovning chiqindini belgilanmagan joylarga tashlanishi yuzasidan  yòllagan murojaati òrganildi.
янв.21
Qonun buzilish holatlarini aniqlash va oldini olish bòyicha
янв.21
"Adolat" SDP deputati tashabbusi bilan xotin-qizlar bandligi ta’minlanmoqda.
янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashida "Adolat" SDP deputatlik guruhi yig‘ilishi bo'lib o'tdi.
Мунасибет

МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев 2025-жыл 7-май күни медицина тараўының бирлемши буўыны ҳәм қәнигелестирилген мәкемелерде хызметлер сыпатын және де арттырыў, дәри-дармақлардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәмде медициналық билим бериўди жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар шеңберинде видеоселектор мәжилисин өткерди.

  Мәжилисте Президент ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде ҳәр 10 мың халыққа 27 шыпакерден туўры келиўи - бул раўажланған мәмлекетлердеги шыпакерлер санының халық санына туўры келетуғын статистикалық мағлыўматларға салыстырғанда бирдей екенлигин, яғный, бизде шыпакерлер санында ҳәм қаржыландырыўда машқалалар жоқ екенлигин, деген менен медициналық хызмет көрсетиўде сыпат жағынан алып қарағанда бир қанша шешимин күтип турған саўаллар бар екенлигин атап өтти.

  Атап айтқанда:

- мәмлекетте жуғымлы болмаған кеселликлер ҳәр жылы мәмлекет экономикасына 1 млрд доллар муғдарында зыян жеткерип атырғанлығы;

-Медициналық қамсызландырыў жумыслары әмелде қоллаў айырым себеплерге көре кейинге қалдырылып киятырғанлығы, соның менен бирге орынларда «Электрон рецепт», «Электрон поликлиника», «Электрон емлеўхана» ны иске түсириўде кемшиликлерге жол қойып атырғанлығы;

- Жуғымлы кеселликлердиң 35-40 пайызы әпиўайы гигиена қағыйдаларына әмел қылмағанлығы себебинен пайда болып атырғанлығы;

- Мәмлекетимизде ҳәр жылы 600-700 миллион доллар муғдарындағы қаржылар нәтийжелилиги дәлийлленбеген ҳәм үйренилмеген дәрилерге сарпланып атырғанлығы, бул болса дәрилер импортының 42 пайызын қурайтуғынлығы сынға алынды.

Бул кемшиликлерди айта келип мәмлекет президенти «Егер бирлемши буўын, санластырыў ҳәм қамсызландырыўды жолға қойсақ, медицина хызметкерлериниң билим, көнликпелерин жақсыласақ, ең әҳмийетлиси, халықтың медициналық мәдениятын арттырсақ, гөзлеген мақсетлеримизге ерисетуғынымызды» атап өтти.

Енди мәҳәлледе бир инсанның инфаркт, инсульт пенен аўырыўы, аналар ҳәм балалар өлими, жуқпалы кеселликлер себепли арттырылған майыплық жағдайы айырықша жағдай деп қабыл етилиўи лазым екенлиги, соның менен бирге келеси ўақытта майыплықты шаңарақлық шыпакер тәрепинен таярланған ҳүжжетлер тийкарында медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы тәрепинен белгилениўи атап өтилди.

Соның менен бирге барлық мектеп, бақша, техникум, жоқары оқыў орынлары, поликлиника ҳәм емлеўханаларда «Таза қоллар» дәстүрин әмелге асырылыўы, бунда, «Таза қоллар» дәстүриниң әҳмийети, жеке гигиена ҳаққында үгит-насият кампаниясын шөлкемлестириў зәрүрлиги белгилеп берилди.

Мәжилис жуўмағында президент ҳәр бир министр, ҳәким, депутат ҳәм сенаторлар орынлардағы шараятларды өз көзи менен көрсе, өзи ҳәм шаңарақ ағзалары менен шаңарақлық поликлиникаға барып, аймақлық емлеўханада емленсе, бул төменги буўындағы медициналық хызмет сапасының артыўына хызмет етиўин, әлбетте буған бәршемиздиң жуўапкершилик пенен қараўымыз зәрүр екенлигин атап өтти. 

Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында «Партия халықтың қайсы аймақта жасаўына қарамастан мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық хызметтен пайдаланыў, ден-саўлықты сақлаў системасын толық санластырыў арқалы тараўда жәриялылықты тәмийинлеўдиң тәрепдары» екенлиги мақсет етип қойылған.

Бул бағдарда партиямыз президентиимиз тәрепинен халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жетилистириў бағдарында алып барып атырған сиясатын толық қоллап-қуўатлайды ҳәм бул тараўда қабыл етилген Пәрман, қарарларда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўында белсендилик пенен жумыс алып барады деп исеним билдиремен.  

Халық депутатлар Тахтакөпир

 районлық Кеңеси депутаты Қ.Жалиев.

Slide 1 of 1