Усы жылдыӊ 2-8-сентябрь күнлери елимиз бойлап «Кекселер ҳәптелиги» деп белгиленип, усы тийкарда Қуралпа аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 21-санлы мектепте Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары, аймақтағы нураныйлар ҳәм мектеп оқытыўшылары жоқары класс оқыўшылар қатнасында үш аўлад ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўда районлық Кеӊес депутаты, Нураный қоры баслығы М.Гулимбетов шығып сөйлеп нураныйлардыӊ жаслар тәрбиясындағы роли ҳәм кексе әўлад ўәкиллериниӊ өмирлик тәжирийбелеринен жас әўлад тәрбиясында кеӊнен пайдаланыў жаслардыӊ илимге ҳәм өнерге қызығыўшылығын арттырыў ҳәм елимизде жасларға қаратылған имканият ҳәм жеӊилликлерден пайдаланыў ҳаққында кеӊнен түсиниклер берип өтти. Сондай-ақ, аймақ нураныйлары өзлериниӊ өмир жолы ҳәм тәжирийбелерин жаслар менен бөлисти.