Депутатлар мәҳәлле ўәкиллери менен биргеликте аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаӊарақлар жағдайынан хабар алып, олардыӊ жасаў жағдайын, мүрәжатын үйренди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги "2025 - 2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-454-санлы қарары тийкарында Есимөзек АПЖ аймағындағы 30-санлы мектепте әмелге асырылып атырған қурылыс- реконструкция жумыслары барысы менен танысты.
Аймақтағы ушырасыў ҳәм үйрениўлер даўамында сайлаўшылар тәрепинен келип түскен усыныс, мүрәжатлер тийисли уйымлар менен биргеликте орынланыўы қадағалаўға алыныўы белгиленди