Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине 63-«Қараөзек» округинен депутат М.Абдировтыӊ Караѳзек районында сайлаўшылар менен ушырасыўы даўам етпекте. Гезектеги ушырасыў «Есимѳзек» аўыл пуқаралар жыйынында ѳткерилип, онда районлық Кеӊес секретариаты баслығы Қ.Жақсымуратов, аймақтан сайланған жергиликли Кеңес депутаты С.Жолдыбаев, сиясий партиялар, мәкеме, шөлкем ўәкиллери, мәҳәлле турғынлары қатнасты. Депутат М.Абдиров тәрепинен 2025-жылдыӊ биринши шереги даўамында өз искерлиги бойынша әмелге асырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабаты ҳәм жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалар, аймақта ислениўи белгиленген жумыслар менен таныстырды. Ушырасыўда аймақ турғынларыныӊ мүрәжат ҳәм пикир-усыныслары депутатлар тәрепинен үйренилип, орынланыўы бойынша ўазыйпалар белгиленди.