Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat yoshlar bilan ochiq muloqot o'tkazdi
янв.21
Shahrisabz shahrida ijtimoiy barqarorlik va oilaviy qadriyatlarni mustahkamlash yo‘lidagi tashabbus.
янв.21
Xalq deputatlari Shahrisabz shahar Kengashining yettinchi chaqiriq o‘n sakkizinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Yettinchi chaqiriq Xalq deputatlari Shahrisabz shahar Kengashining o‘n yettinchi sessiyasi bo'lib o'tdi
янв.21
Маҳаллий Кенгашлар фаолиятини намунали ташкил этишнинг устувор йўналишлари: муаммо ва ечимлар
янв.21
Deputat joylarda o'rganishda
янв.21
Deputatlar aholi xonadonlarida!
янв.21
2025 yil Atrof muhitni asrash va "yashil iqtisodiyot" yili
янв.21
2025 yil Atrof muhitni asrash va "yashil iqtisodiyot" yili
янв.21
Xalq deputatlari Shahrisabz shahar Kengashining VII sessiyasi bo'lib o'tdi
Депутат мәҳәлледе

Шымбай районы ХДП: САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЫ УНАМЛЫ ШЕШИМ ТАППАҚТА

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 1-санлы «Р.Низаматдинов» сайлаў округинан сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев «Депутат мәҳалледе» жойбары шеңберинде өзи сайланған «Тазғара» АПЖ аймағында болды.

Буннан бир қанша мүддет алдын, депутат Х.Абдижалиевке сайлаўшылар тәрепинен “Тазғара” АПЖ аймағы Үлкен жәдик аўылың ишки жолын онлап, усы аўылға жаңадан заманагөй СИП кабеллерин қурып бериў мәселесинде мүрәжат келип түскен еди. Сол күннин өзинде билдирилген Сайлаўшылар мүрәжатлардан келип шығып, депутат Х.Абдижалиев тәрепинен тийисли мәкемелерге депутатлық сораў жиберилген еди.

Усы жиберилген депутат сораўына тийкар, бүгинги күнге келип Үлкен жәдик аўылының 2,5 км аралығына қум шебень (ШПС) араласпасы төселип, жаңадан заманагөй СИП кабеллери орнатылып берилди.

Илаж соңында сайлаўшылар депутат Х.Абдижалиевке өз миннетдаршылығын билдирип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын айтип өтти.  

Slide 1 of 5