Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
📚 TA’LIM — TARAQQIYOT POYDEVORI 🗞 “Samarqand” gazetasining 2026-yil 17-yanvar kungi 2 (2619)-sonida Xalq deputatlari Samarqand shahar Kengashi deputati Olim Pardayevning “TA’LIM — TARAQQIYOT POYDEVORI” mavzusidagi maqolasi e’lon qilindi.
янв.21
📌 Xalq deputatlari Samarqand shahar Kengashi deputati Baxtigul Asrorova saylovchilar bilan uchrashdi
янв.21
🇺🇿 Xalq deputatlari Samarqand viloyati tuman, shahar Kengashlariga saylangan raislar
янв.21
📌 Xalq deputatlari Samarqand shahar Kengashi deputati Rajabova Sabiha Musinovna ishtirokida, 1-son oilaviy poliklinikada ish faoliyati yuzasidan yig‘ilish bo‘lib o‘tdi.
янв.21
🌱 Shaharda ekologik holat o‘rganildi
янв.21
Dehqon bozorlarida narx-navо va aholiga yaratilgan shart-sharoitlar o‘rganildi
янв.21
Beklar va Al-Xorazmiy mahallalarida ichimlik suvi bilan bog‘liq muammo ijobiy hal etildi. Qazilgan skvajinalar orqali toza suv chiqarilib, aholi foydalanishiga topshirildi. 💧
янв.21
🎭🤝 San’at va do‘stlik uyg‘unligi: Panjobda madaniy uchrashuv
янв.21
Saylovchilar bilan uchrashuv va muammolar joyida o‘rganildi
янв.21
Samarqand shahar Kengashi deputatlari Abbos Hazratqulov va G‘aybullayev Fazliddin saylovchilar murojaatlarini joyida o‘rgandi
ЖАҢА КИТАП ЖӘМИЙЕТТЕ ЖАҢАША ПИКИРЛЕЎДИ ҚӘЛИПЛЕСТИРЕДИ!

 Жаңа баспадан
шығарылған “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепти” китабында тийкарынан
Бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, әсиресе,
руўхый-ағартыўшылық тараўда болып атырған кең көлемли жаңаланыўлар халықаралық
майданда жоқары тән алынбақта.
 

Мамлекетимиздеги
унамлы өзгерислер тек ғана экономикалық реформалар менен шекленип қалмастан, ал
жәмийеттиң руўхый ҳәм халық санасының жоқарылаўына тийкарланған стратегияны да
өзинде жәмлестирмекте.
 

Соныда айрықша
айтып өтиўмиз керек Пакистанлы танымалы журналист ҳәм жазыўшы Муҳаммад Аббос
Хонның “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепти” атамасындағы китабы
Жаңа Өзбекстан раўажланыўының идеялық, руўхый ҳәм әмелий тийкарларын ашып беретуғын
әҳмийетли дереклерден бири болып есапланады. Шығармада мәмлекетимиз
тарийхындағы уллы ояныў дәўирлери – Биринши ҳәм Екинши Ренессанс мийрасы
талқыланып, олардың тийкарында Үшинши Ренессанс идеясының мазмун-мәниси терең
сәўлелендирилген. Китап оқыўшыны тек ғана тарийхый пикирлеўге емес, ал келешек
ҳаққында жедел пикир жүргизиўге шақырады. Шығармада Үшинши Ренессанс идеясы
Жаңа Өзбекстанды қурыўдағы стратегиялық мақсет сыпатында талқыланады.
 

Автордың атап
өткениндей, бул процесс тек ғана экономикалық өсиў ямаса техникалық раўажланыў
менен шекленип қалмай, ал инсан капиталын раўажландырыў, руўхый раўажланыў ҳәм
интеллектуаллық потенциалды арттырыўды өз ишине алады. шығармада Өзбекстанның
соңғы жылларда сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм руўхый тараўларда әмелге
асырылып атырған кең көлемли реформалары системалы ҳәм үзликсиз түрде
раўажланып атырғанын айрықша атап өтеди. Бул процесслер тынышлық, ағартыўшылық,
қарым-қатнас, бирге ислесиў ҳәм раўажланыў сыяқлы қәдириятларға сүйенген ҳалда
жәмийетти жаңалаў, пикир еркинлигин кеңейтиў ҳәм инсан капиталын
раўажландырыўға хызмет етип атырғанын билдиреди.
 

Жуўмақлап айтқанда,
“Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепти” китабы жәмийетте жаңаша
пикирлеўди қәлиплестириў, пуқаралардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм
келешекке исеним руўхын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул шығарма ҳәр бир
ўатанласымызды мәмлекеттиң раўажланыўына байланыслы екенин аңлаўға, өзиниң
билим ҳәм потенциалы менен Үшинши Ренессанстың қурылысына үлес қосыўға
шақырады.
 

Албетте бул
махаддес китапты мәмлекетимиздиң барлық тараў ўәкиллери, сайлаўшыларымыз
сондай-ақ, ең шетки аймақларда жасаўшы халықтың хабардар болыўлары керек, буның
ушын депутатларымызға үлкен ўазыйпалар белгиленди.
 

Атап айқанда
районлық Кеңес тәрепинен ҳәр бир депутатымызға өз округлеринде тийисли тараў ўәкиллери
менен биргеликте ушырасыўлар өткерилип усы жаңа китапты үгит-нәсиятлаў бойынша
графиклер исленип шығылды ҳәмде бул жумыслардың орынланыўы қадағалаўға алынады.
 

  

Б.Искендеров 

Халық депутатлары Кегейли районлық 

Кеңеси
Секретариат баслығы