Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Депутатлар хам Жаслар ушырасыуы жойбары

«Депутатлар ҳәм жаслар ушырасыўы» жойбары.

2025-жыл 14-май күни Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев «Өзбекстан»» МПЖ аймағындағы 11-санлы мектепте районлық кеңес депутаты А.Пиржанова ҳәм партия белсендиси И.Абдижамиловлар менен бирге мектеп питкериўшилери менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февральдағы Жаслар менен болып өткен ашық саўбетлесиўинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар, сондай-ақ, усы ушырасыў барысында жаслар тәрепинен берилген усынысларды қоллап-қуўатлаў, олардың сыпатлы билим алыўлары ушын имканиятлар жаратыў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 26-марттағы 61-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында пикир алысыў болып өтти.

Slide 1 of 1