Новости

Кенгаши

Пп
Вт
Ср
Чт
Пт
Сб
Вс
02 июл 2026

#sessiya #deputatlar Xalıq deputatları Shomanay rayonlıq Keńesiniń VII shaqırıq 21-sessiyasında áhmiyetli máseleler dodalandı

imgSessiya dawamında rayondı sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw, xalıqtıń abadanlıǵın arttırıw, mámleketlik uyımlar jumısınıń nátiyjeliligin támiyinlew hám aymaqtı kompleksli rawajlandırıwǵa qaratılǵan bir qatar áhmiyetli máseleler kórip shıǵıldı.

Deputat máhallede.

imgXalıq deputatları Shomanay rayonlıq Keńesine 6-Mamıy saylaw okruginen deputat – ÓzLiDeP sı aǵzası T.Ernazarov Mamıy awıl puqaralar jıyınında bolıp, pukaralar menen ushırasıw ótkerdi. Ushırasıw dawamında deputat puqaralar tárepinen kóterilgen máseleler boyınsha múrájatların tıńladı. Atap aytqanda, Diydar elatlı punktinde elektr sımların qayta jalǵaw hám de úyleriniń kadastr hújjetlerin rásmiylestiriwge ámeliy járdem soraǵan. Deputat tárepinen bul máseleler boyınsha tiyisli taraw wákillerine tez kún ishinde sheshiw boyınsha tapsırmalar berildi. ✍️Xalıq deputatları Shomanay rayonılıq Keńesi
30 июн 2026

Қутлықлаў

imgӘзиз жаслар! Сизлерди мәмлекетимизде ҳәр жылы үлкен көтериңкилик пенен белгиленип атырған әжайып байрам 30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси ҳәм өз атымнан шын жүректен қызғын қутлықлайман! Жаслар — елимиздиң тиреги, жәмийетимиздиң ҳәрекетлендириўши күши ҳәм жарқын келешегимиздиң ҳақыйқый ийелери есапланады. Бүгинги күнде Шоманай районында жасларымыздың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи, спорт, мәденият, илим ҳәм исбилерменлик тараўларында өз қәбилетлерин толық жүзеге шығарыўы ушын барлық имканиятлар жаратылмақта. Районымыз жасларының түрли тараўларда ерисип атырған үлкен жетискенликлери, илим ҳәм спорт майданларындағы жеңислери бизге шексиз мақтаныш бағышлайды. Сизлердиң ғайрат-жигериңиз, жаңаша көзқарасыңыз ҳәм Ўатанға болған сүйиспеншилигиңиз районымызды буннан да раўажланыўына хызмет етеди. Әзиз жаслар! Сизлерге беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, оқыўларыңыз ҳәм дөредиўшилик жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен. Келешекке қойған бийик мақсетлериңизге ҳәр қашан ерисип жүриўиңизге тилеклеспен! Байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз жаслар!   Ҳүрмет пенен, Сейтжанов Қаллыбек Айтмуратович Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси баслығы

#háptelik #isreje

imgXalıq deputatları  Shomanay rayonlıq Keńesi tárepinen 2026-jıl 29-iyun 3-iyul kúnleri aralıǵında aymaqlarda rejelestirilgeni is-ilájlar