Новости

Последние новости

янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
янв.21
Мәҳалле бул- кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳам раўажландырыў орайы.
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиеевтың Бельгия мәмлекетиниң пайтахты Брюссель қаласына ислеген рәсмий сапары.
янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
JAŃA BASQÍSHTA - ASHÍQ, NÁTIYJELI HÁM XALÍQSHÍL JERGILIKLI HÁKIMIYATQA QARAY!
янв.21
Jergilikli Keńes wákillikleri arttırılmaqta
МҮНӘСИБЕТ

Бул сапар Өзбекстанның халық аралық майдандағы абырайы асып баратырғанын, оның тынышлық, турақлылық ҳəм турақлы раўажланыў жолындағы қатаң позициясын тағы бир мәрте көрсетти.

Президентимиз өз сөйлеўинде Глобаллық қаўипсизлик, ықлым өзгериўи, азық-аўқат қаўипсизлиги, тəлим ҳəм инсан ҳуқықларын тəмийинлеў мəселелерине бөлек тоқталып, жəҳəн жəмəəтин аўызбиршилик ҳəм өз-ара жəрдем тийкарында ҳəрекет етиўге шақырды. Усының менен бирге, Орайлық Азияда тынышлық ҳəм турақлы раўажланыўды тəмийинлеў, жаслар ҳəм ҳаяллардың жəмийеттеги активлигин асырыў бойынша əмелий усынысларды алға сүрди.

Өзбекстанның жаңа көринисин ашық, тынышлық сүйиўши ҳəм инсан қəдирин иззетлейтуғын мəмлекет сыпатындағы имиджин беккемледи. Бул, сөзсиз, халқымыз мəплери жолындағы үлкен сиясий қəдем болды.

Рахат ПУРХАНОВ, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы