Новости

Последние новости

янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
deputatlar menen ushırasıw
янв.21
“Ózbekstan - 2030” strategiyasınıń mazmun-mánisin dodalandı
янв.21
Shomanay rayonın 2026-jılda kompleksli sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw máseleleri dodalandı
янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
Мүнәсибет

Мен, 20-“Суенли” сайлаў округинен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты Қурбанов Бабамурат усы жылдың 4-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшыларға есабат бердим. 

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди.  

Соның менен бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 6мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер
менен биргеликте унамлы шешим тапты.
 

Мәселен, райондағы “Суенли” МПЖ турғынларының усынысына тийкарланып 40–санлы улыума билим бериў мектебинин оқыӯшылардың жол қәӯипсизлигин тәмийнлеӯ мақсетинде мектеп алдына “Дыққат балалар” жол белгиси қойыӯ ушын депутат
сораӯнамасы
жиберилди.  

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди. 

Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты
мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.
 

 Б.Қурбанов
20-“Суенли” сайлаў округинен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты  

Slide 1 of 1