Новости

Последние новости

янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
янв.21
deputatlar menen ushırasıw
янв.21
“Ózbekstan - 2030” strategiyasınıń mazmun-mánisin dodalandı
янв.21
Shomanay rayonın 2026-jılda kompleksli sociallıq-ekonomikalıq rawajlandırıw máseleleri dodalandı
янв.21
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев С5+1 форматындағы саммит
янв.21
Президентимиз Ш.М.Мирзиёев рәсмий сапар менен екинши жаҳан саммитине қатнасыў ушын Қатар мәмлекетиниң Доха қаласына келди.
янв.21
Самарқандта ЮНЕСКО шөлкеминиң мәжилиси өткерилмекте.
янв.21
Сербия Республикасының Президенти Александр Вучичтин 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасына келиўи.
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.

Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине 2-Ақ терек сайлаў округинен депутат А.Юсуповтың сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат тәрепинен Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны усы жылы “Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәллелер”диң дизимине киритилип, дәсүрлер исленип мәҳаллеге 5 миллиард сум қаржы ажыратылып, бул өз гезегинде мәҳаллениң гүллениўине халықтың абат ҳәм пәраўан жасаўына өз үлесин қосатуғынлығын билдирди.

Депутат А.Юсупов 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында жаңадан қабыл етилген Нызам ҳәм қарарлардың әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында айтып, 2025-жыл даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде әмелге асырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақтағы машқалалы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди ҳәм бул мәселелер бойынша үйренилип шығып, тийисли шешимлер қабыл етилиўи белгилеп алынды.

Slide 1 of 2