35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Новости

Последние новости

Бай тарийх ҳәм миллий қадриятлар сәўлеси: Жазыўшылар аўқамы ағзалары

Бай тарийх ҳәм миллий қадриятлар сәўлеси: Жазыўшылар аўқамы ағзалары

♻️ Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Жазыўшылар аўқамының ағзалары, белгили жазыўшы-шайырлар Шымбай районында хызмет сапарында болды. Сапар даўамында мийманлар райондағы «Көнши» мәҳалла пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Қәнигелестирилген мектепте арнаўлы шөлкемлестирилген мектеп музейинде болып, оның экспозициялары менен жақыннан танысты

Мәдений-ағартыўшылық илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков қатнасты.

📌 Илаж даўамында даўамында әдебият ўәкиллери халқымыздың бай тарийхын, мәдений мийрасын ҳәм миллий қадриятларын өзинде сәўлелендирген экспонатлар менен танысты. Сондай-ақ, мектеп базасында усындай бай музей фондының шөлкемлестирилгени жаслардың өзлигин аңлаўы ҳәм тарийхқа ҳүрмет руўхында тарбиялаўда әҳмийетли орын тутатуғынлығы атап өтилди.

Slide 1 of 4