Новости

Последние новости

янв.21
Кегейлида замонавий аграр тажриба — янги имкониятлар мезони
янв.21
Инсон хотирасига эҳтиром — юксак қадрият
янв.21
Самарканд қаласындағы Парламентлераралық Аўқамның XII Жас парламент ағзалары пүткил жер жүзилик конференциясы өз жумысын баслады.
янв.21
Байрам қутлықлаўы
янв.21
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ФЕРМЕРЛАРИ КЕНГАШИНИНГ “ДАЛА МАДАНИЯТИ – ФЕРМЕР МАЖБУРИЯТИ” АСОСИДА ДАЛА ЧЕТЛАРИГА ЧОРВАЧИЛИК МАЖМУАЛАРИНИ ҚУРИЛИШИ ЮЗАСИДАН МУРОЖААТИ
янв.21
Oʻzbekiston Mahallalari uyushmasi Kegeyli tumani boʻlimi boshligʻining Kegeyli tumani aholisiga murojaat
янв.21
ПАХТАГА ҚЎШИМЧА ИШЛОВ БЕРИНГ ВА ҲОСИЛИНГИЗГА ҲОСИЛ ҚЎШИНГ!
янв.21
ЯЛПИ МАЖЛИСИДА ЭНГ МУҲУМ ИЖТИМОИЙ МАСАЛАЛАР КЎРИБ ЧИҚИЛДИ.
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
Қарақалпақстанның келешеги ҳаққында еки күн

Қарақалпақстанның келешеги ҳаққында еки күн

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-19-сентябрь күнлери расмий сапар менен Қарақалпақстанда болды. Қарақалпақстан ушын бундай сапарлар айрықша әҳмиетке ие. Бул тек ғана исленген жумысларды көриў емес, ал Қарақалпақстанның ертеңги келешеги қандай екени ҳаққында және бир мәрте сөйлесиў имканияты болып есапланады. 

Хызмет сапары даўамында Президентимиз мәҳәллелерде болып, санаат ҳәм социаллық жойбарларды көзден өткерди, жаңаланған "Туран" стадионы, билимлендириў, абаданластырыў ҳәм исбилерменлик объектлерин барып көрди. Жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 

Мен қалалық Кеңестиң депутаты сыпатында соны айтқым келеди-сапар даўамында айтылған ҳәм талықланған үлкен санлар ҳәм ири жойбарлардың
артында
ең биринши нәўбетте инсан, яғный - мәҳәллемиздиң турғыны, жас қәниге, исбилермен, муғаллим, шыпакер ҳәм олардың турмысы, ертенги күнге ҳәм келешекке исеним менен қарайтуғын шаңарақ турыыпты. Сапар даўамында тек ғана экономикалық реформаларқа итибар қаратылмастан билимлендириў, спорт, қала инфраструктурасы, транспорт, санлы технологиялар, мәҳәллелерди раўажландырыў мәселелери додаланды. Бул болса аймақты раўажландырыўға комплексли қатнас жасаўдан дәрек береди. 

19-сентябрь күни өткерилген мәжилисте болса, Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан және де раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгиленди. Санаат, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, социаллық тараўды раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў солардың қатарына киреди. 

Әсиресе, Қарақалпақстан турғынлары ушын 2027-жылдың март айынан баслап Ташкент ҳәм Нөкис арасында жолға кететуғын ўақытты 16 сааттан шама менен 7 саатқа шекем қысқартыў имканиятын беретуғын тезжүрер поездды иске түсириў режелери ҳаққындағы жаңалық пүткил халқымыз ушын айрықша әҳмийетке ийе болды.

Сентябрдиң бул еки күни тез өтти. Бирақ, олардың нәтийжелери қала ҳәм районларымызда, мәҳәллелеримизде ҳәм, ең әҳмиетлиси, ҳәр бир инсанның турмысында еле узақ ўақыт сезилип туратуғынлығы сөзсиз.
 

Халық депутаталары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Зульфия Сейтниязова

Slide 1 of 1