35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Новости

Последние новости

янв.21
Самарканд қаласындағы Парламентлераралық Аўқамның XII Жас парламент ағзалары пүткил жер жүзилик конференциясы өз жумысын баслады.
янв.21
Байрам қутлықлаўы
янв.21
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ФЕРМЕРЛАРИ КЕНГАШИНИНГ “ДАЛА МАДАНИЯТИ – ФЕРМЕР МАЖБУРИЯТИ” АСОСИДА ДАЛА ЧЕТЛАРИГА ЧОРВАЧИЛИК МАЖМУАЛАРИНИ ҚУРИЛИШИ ЮЗАСИДАН МУРОЖААТИ
янв.21
Oʻzbekiston Mahallalari uyushmasi Kegeyli tumani boʻlimi boshligʻining Kegeyli tumani aholisiga murojaat
янв.21
ПАХТАГА ҚЎШИМЧА ИШЛОВ БЕРИНГ ВА ҲОСИЛИНГИЗГА ҲОСИЛ ҚЎШИНГ!
янв.21
ЯЛПИ МАЖЛИСИДА ЭНГ МУҲУМ ИЖТИМОИЙ МАСАЛАЛАР КЎРИБ ЧИҚИЛДИ.
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Кегейли тумани фермерлари кенгаши Раёсати аъзоларининг МУРОЖААТИ
янв.21
KEGEYLIDEN AWǴANSTAN RESPUBLIKASÍNA EKSPORT JOLǴA QOYÍLDÍ.
Самарканд қаласындағы Парламентлераралық Аўқамның XII Жас парламент ағзалары пүткил жер жүзилик конференциясы өз жумысын баслады.

 "Қыйын
дәўирде инсан ҳуқықлары, әдиллик ҳәм инсан қәдирин тиклеў жолында" атамасында
өткерилип атырған абыройлы халықаралық әнжуманда дүняның 58 мәмлекетинен жас
парламент ағзалары, 11 халықаралық шөлкем ўәкиллеринен ибарат 250 ге шамалас жаслар
қатнаспақта. 

Халықаралық
әнжуман Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен жаслардың
жәмиетлик ҳәм мәмлекетлик турмысындағы белсене қатнасыўын кеңейтиў, олардың
парламент жумысындағы рөлин күшейтиў, жас әўлад ўәкиллери арасында глобал
қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған әҳмиетли
басламалардың әмелий көриниси болып есапланады. 

Бүгинги
күнде дүнья барған сайын қурамалы ҳәм қарама-қарсылықлы геосиясий процесслерди
басынан өткерип атырған бир шараятта жаслардың сиясий қарарлар қабыл етиў
процесслериндеги қатнасын тәмийинлеў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў,
инсан қәдири ҳәм социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў мәселелери
халықаралық жәмийетшиликтиң әҳмиетли күн тәртибине шықпақта. 

Усы
жағынан бул коньференция жас әўладтың даўысын халықаралық парламентлик
сөйлесиўге алып кириў, олардың глобал машқалаларды шешиўге қаратылған
басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жас парламент ағзалары арасында тәжирийбе
алмасыўды күшейтиўге хызмет ететуғыны менен әҳмиетли болып есапланады. 

 Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң коньференция
қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. 

Жаслардың
сиясий, жәмиетлик ҳәм экономикалық процесслерде белсене қатнасыўын күшейтиў,
олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў және потенциалын толық жүзеге шығарыў
турақлы раўажланыў ҳәм тыныш келешектиң әҳмийетли факторы екени, усы мақсетте
парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм алдынғы
тәжирийбелерди бирлестириў идеялары қутлықлаўдың тийкарғы мазмун-мәнисин
қурайды. 

Сенат
Баслығы коньференцияда шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, бүгинги қыйын
геосиясий шараятта парламент дипломатиясы, өз-ара сөйлесиў ҳәм жаслардың сиясий
процесслердеги қатнасыўын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Парламентлер жасларды сиясаттың обекти сыпатында емес, ал қарарлардың тең
ҳуқықлы жәрдемши авторы сыпатында көриўи зәрүр екенлиги атап өтилди. 

Өзбекстанда
жаслардың мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик турмыстағы қатнасын кеңейтиў, олардың
ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылып атырған итибар сырт ел
парламентлериниң ағзалары тәрепинен де айрықша атап өтилди. 

Атап
айтқанда, жаңаланған Конституция, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳәм
басқа да стратегиялық ҳүжжетлерде жаслардың мәплери тийкарғы бағдарлардан бири
сыпатында белгиленгенине жоқары баҳа берилди. 

Сондай-ақ,
2020-жылы Президентимиздиң басламасы менен Олий Мажлистиң еки палатасы жанында
Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилгени жаслардың нызам дөретиўшилиги
процесиндеги қатнасын кеңейтиў, олардың усыныс ҳәм басламаларын парламент
минберине алып шығыў және жаслар сиясатын буннан былай да жетилистириўде
әҳмиетли механизм сыпатында атап өтилди. 

Олий
Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов коньференцияда шығып
сөйлеген сөзинде мәмлекетимиздиң раўажланыўына айрықша итибар қаратылды. 

Атап
айтқанда, Президентимиздиң айтқанындай, жасларға имканият бериўдиң ең жоқары
көриниси олардың өзлери қарар қабыл етиў процесинде қатнасыўы болып табылады.
Усы мақсетте парламент жумысында да жаслар менен ислесиўдиң институционаллық
механизмлери енгизилди. Соның ишинде, Парламентлераралық аўқам менен биргеликте
жаслар парламентлери шөлкемлестирилди. Олий Мажлис палаталары жанындағы жаслар
парламентлери жаслар ҳәм парламент арасында нәтийжели көпир ўазыйпасын
атқармақта. Жаслар тек ғана нызамларды үйренбейди, ал өз басламаларын нызам
дөретиўшилиги процесине алып кириў имканиятына ийе болады. 

Ҳақыйқатында
да жергиликли ҳәкимият ўəкиллик органлары жанынан шөлкемлестирилген жаслар
маслаҳат топары ағзалары усы жоқарыда көрсетилген ўазийпаларды районлар
көлеминде әмелге асырып Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў,
жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин қоллап-қуўатлаў, норма дөретиўшилиги
процесинде, атап айтқанда, жаслар мәселелерине байланыслы қарар жойбарларын
ислеп шығыў ҳәм додалаўда белсене қатнасыў, жасларға байланыслы мәселелер
бойынша усыныслар ислеп шығыў, бул бағдарда тийисли халық депутатлары Кеңеси
депутатларына жәрдемлесиў талап етиледи. 

Б.Искендеров
 

Халық
депутатлары Кегейли 

районлық
Кеңеси Секретариат баслығы  

   

Slide 1 of 1