Бүгин 2025-жыл 15-июль күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң жетинши шақырық он екинши сессиясы болып өтти. Сессияны Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси баслығы Ж.Ермашев алып барды. Күн тәрбинде 9 мәселе көрилип, баянатшылардың 6 айы даўамында әмелге асырылған есабаты тыңланды. Сессия даўамында тараўлардағы өзгерислерди халық арасында үгит-нәсиятлаў, алып барылып атырған жумысларды еледе күшейтип, жаңа басқышқа алып шығыў бойынша айтылды. Буннан тысқары Халық депутатлары районлық Кеңесиниң турақлы комиссиясының ис-режесине тийкар кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң есабатлары онлайн тәризде тыңланып, пуқаралардың усы тараўларға байланыслы сораўларды қабыллаў белгиленди. Депутатлар тәрепинен күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талықланды ҳәм тийисли шешимлер қабыл етилди.