Новости

Последние новости

Депутат мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков районлық "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысы менен танысты.

♻️ Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Т.Мадиреймов, районлық Суў жеткерип бериў хызмети МШ директоры Р.Қудайбергенов, Кеңес жанындағы Жаслар мәсләҳәт топарының ағзалары ҳәм де тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Илаж даўамында жуўапкер хызметкерлер менен ушырасыў өткерилип, халықтан келип түсип атырған мүрәжатлар, суў тәмийнатында ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар додаланды.

Сондай-ақ, депутат тәрепинен тараўдағы бар машқалаларды шешиў, хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў ҳәм халықты тамарқа суўы менен тәмийинлеў бойынша тийисли усыныслар берилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды

Slide 1 of 3