Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң Аграр, суў
хожалығы мәселелери ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссиясы
тәрепинен өткерилген жыйналыста Нөкис районы Суў жеткерип бериў хызмети
директоры Д.Усаковтың есабаты тыңланды.
Жыйналысты турақлы комиссия баслығы М.Аминов басқарып барды.
Жыйналыста Нөкис районы аймағында фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы
кәрханалары кесиминде пайдаланып атырған суў сондай-ақ, тараўда алып барылып
атырған жумыслар бойынша есабат тыңланды ҳәм ушырасып атырған машқалалар
бойынша усыныс ҳәм пикирлер айтып өтилди.