Нөкис районы аймағы халқының саны ҳәзирде 54 000 болып, соның 76% — яғный 41 040 адамға «Тоза Ҳудуд» УК тәрепинен хызмет көрсетилмекте. Депутат Б.Алдамуратов үйрениў ўақтында шығынды таслаў орынларының экологиялық талапларға қай дәрежеде жуўап беретуғынлығына итибар қаратты ҳәм уйрениў нәтийжесинде шығынды жыйнаў ҳәм алып шығыўда қолланатуғын техникалар, оларды қай дәрежеде пайдаланылаўы, хызмет көрсетилетуғын территорияларды толық қамтыўы кереклиги ҳәм бир неше ислениўи керек болған мәселелерди атап өтти.