35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xotin-qizlarning huquq va manfaatlarini himoya qilish masalalari yuzasidan davra suhbati o‘tkazildi
янв.21
“Ta’lim to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi o'rganildi.
янв.21
O'RQ-642 qonun asosida Deputat o‘z saylov okruglarida keng qamrovli tahlil-nazorat tadbirlarini amalga oshirdi.
янв.21
Deputatlarning 24 ta muhim ko'rsatkichlari va O'RQ-261 qonun ijrosi
янв.21
“Kasb-hunarli qiz – farovon oila va porloq kelajak kafolati
янв.21
Deputat faoliyatining ustuvor yo‘nalishlari doirasida muhim o‘rganish ishlari olib borildi...
янв.21
Qonun ijrosi - Doimiy komissiya tomonidan o'rganildi
янв.21
Deputat D.Mexmonova: bolalar manfaati va munosib dam olish doimiy e’tiborda
янв.21
Xalq deputatlari Quvasoy shahar Kengashi deputatlari so‘rovlarining ijrosi yuzasidan o‘rganish ishlari amalga oshirildi
янв.21
Hafta davomida xalq deputatlari Quvasoy shahar Kengashi haftalik DAYJESTI (8 - 12 IYUN)
Мүнәсибет

Депутаттың ең баслы ўазыйпаларының бири – сайлаўшылар менен турақлы ушырасыўлар өткериў, олардың машқалаларын үйрениў, унамлы шешим табыўдан ибарат.
Усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди, соның менен бирге, Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Ушырасыўларда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти.
Соның менен бирге, халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады.

Адилбай ЮСУПОВ,
2-“Ақ терек” сайлаў округынан Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңеси депутаты