Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputatlar tuman mudofaa ishlari bo‘limida olib borilayotgan ta’mirlash ishlarini o‘rgandilar
янв.21
Deputatlar oilaviy poliklinikalardagi qurilish va ta’mirlash ishlarini o‘rgandilar
янв.21
Deputatlar tuman mudofaa ishlari bo‘limida olib borilayotgan ta’mirlash ishlarini o‘rgandilar
янв.21
Jamoatchilik ovozi bilan tanlangan loyiha amalga oshdi: yangi mini-stadion ochildi
янв.21
Deputatlar aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazdilar.
янв.21
Mahallada aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazildi
янв.21
Jamoatchilik tashabbuslari ijrosi — deputatlar diqqat markazida
янв.21
Deputatlar tuman mudofaa ishlari bo‘limidagi ta’mirlash ishlarini o‘rgandilar
янв.21
Quva tumani Ittifoq mahallasida aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazildi
янв.21
Deputatlar o‘z saylov okruglarida fuqarolarning navbatdagi qabulini o‘tkazdilar
Саўаплы исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеў керек

Халқымызда "Саўаплы исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеў керек" деген ҳикметли нақыл бар. Қайырлы ислер ислеў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў - инсанның ең жоқары пазыйлетлеринен бири болып есапланады. Солай екен, биз қандай лаўазымда болмайық, әтираптағыларға имканы болғанынша жәрдем бериўге ҳәрекет етиўимиз керек.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралар менен болған ушрасыўда “Тарлы” аўылы турғынлары, аўыл аймағындағы 128 хожалықтың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында жетип келмеўи себебинен пуқаралар тамарқа жерлеринен нәтийжели пайдалана алмай атырғанлығын, тамарқа жерлерди суўғарыў ушын аўылға суў насосын орнатып бериўин сорап мүрәжат еткен еди.

Депутат, Алишер Джуманазаров өз қаўендерлиги есабынан диаметри 200 мм болған заманагөй суў насосын, қосымша барлық үскенелери менен бирге орнатып берди.

“Тарлы” аўылы турғынлары депутат Алишер Джуманазаровқа өз миннетдаршылығын билдирмекте.

Slide 1 of 2