Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле-журт көрки» сүрени тийкарында улыўмахалықлық шембилиги Қараөзек районында қызғын даўам етпекте. Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары, районлық сиясий партия ўәкиллери ҳәм Кеӊес жанында шөлкемлестирилген "Жаслар мәсләҳәт топары" ағзалары жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери менен биргеликте район орайындағы дем алыў паркинде жайласқан 1941-1945-жылларда Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларына арналған естелик әтирапын абаданластырыў, жабайы шөплерден тазалаў ҳәм терек нәллерин тәртипке келтириў, дем алыў орнында шығындыларды жыйнаў жумысларын алып барып, шембиликке өз белсендилиги менен қатнасты.