Jańalıqlar

Sońǵı jańalıqlar

янв.21
Bugun mamlakatimizda biznes muhiti tubdan o‘zgardi.
янв.21
#МУНОСАБАТ
янв.21
Янги агентликка кенгаш билан биргаликда тадбиркорлар билан мулоқот қилиб, таннарх, ишлаб чиқариш ва экспорт бўйича ечимлар ишлаб чиқиш, “божхона ҳудудида қайта ишлаш” режими орқали тайёр маҳсулот экспортини 2 баробарга ошириш, кооперацияни кучайтириб, паст қувватда ишлаётган корхоналарни соғломлаштириш чораларини кўриш топширилди
янв.21
Жаҳонда савдо қоидаларининг тез ўзгариши ёки логистикадаги узилишлар тўхтамаётгани шароитида тўқимачилик тармоғини ривожлантиришга алоҳида ёндашувлар зарурлиги қайд этилди.
янв.21
Европа ва АҚШ бозорига тайёр кийим-кечак экспортини кенгайтириш, тармоқда стандартлаштириш ва рақамлаштириш ишларини кучайтириш муҳимлиги таъкидланди.
янв.21
Ўтган йилда 5 миллион доллардан ортиқ экспорт қилган 55 та корхонанинг ҳар бирида камида 200 нафардан ишчи ишламоқда. Лекин бу корхоналар асосан вилоят марказларида ва саноати ривожланган туманларда жойлашган.
янв.21
Президент ишлаб чиқариш ва экспортни оширишга қаратилган ташаббусларни илгари сурди.
янв.21
Ўз ходимларининг фарзандлари учун боғча ташкил қилган тўқимачилик соҳаси корхоналарига хусусий боғчалардаги каби ҳар бир тарбияланувчи бўйича субсидия ажратилади.
янв.21
Тижорат кредитидан 2,2 миллиард доллар мажбурияти бор бўлган 144 та корхонани соғломлаштириш чоралари ишлаб чиқилади. Фаолиятини барқарорлаштириш мумкин бўлган корхоналарнинг кредит муддати 7 йилгача узайтириб берилади.
янв.21
Президент топшириғига асосан тўқимачиликда фаолият юритаётган 200 дан ортиқ тадбиркорларнинг фикрлари ўрганилди.
Байрам қутлықлаўы

Ассалаўма
әлейкум, елимиз турғынлары ҳәм мийманлары!
  

Бүгинги
күнде гүллән халқымыз елимиздиң жаңа тарийхындағы ең уллы ҳәм ең
әзиз болған қутлы сәне – Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық
байрамын үлкен қуўаныш пенен күтип алмақта.
 

Ўатанымыз
турмысындағы бул уллы әййям менен Сизлерди ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси
ҳәмде Халық депутатлары районлық Кеңеси атынан қызғын қутлықлай отырып,
бәршеңизге беккем ден-саўлық, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда тасқын
табыслар тилеймен!
 

Бул жыл халқымыз
Ғәресизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети

“Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын” деген
бас сүрен тийкарында белгиленди. Усы уллы ўатанда халқымыздың беккем
аўызбиршилигин сәўлелендириўши бул сөз ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир жерлесимиз
кеўилине үлкен мақтаныш сезимин бағышлайды. Өткен 34 жыл даўамында мәмлектимизде әсирлерге татыйтуғун қурылыс ҳәм
дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Бул өзгерислерди сезиниў ушын узаққа
бармай, әйне күнлерде районымыздың барлық аўыл аймақларындағы үлкен
өзгерислерди көриў ҳәм кеўил менен сезиниўдиң өзи жетерли деп ойлайман.
 

Өзбекстан Республикасы
Ғәрезсизлигиниң 34
жыллық
байрамын ылайықлы күтип алыў мақсетинде бизиң
Кегейли районында да кең
көлемли жумыслар исленбекте.
 

Соны да атап ɵтиўимиз
керек, бүгинги күнде районымызда жедел инвестиция сиясаты жүргизилип, заманагөй
кәрханалар иске түспекте, салық системасын түптен реформалаў, исбилерменликти
раўажландырыў, бәрше тараў ҳәм тармақларда инновация, илим-пән жетискенликлери,
жаңаша дөретиўшиликке айрықша итибар қаратылмақта.
 

Ел басшымыз тәрепинен
Қарақалпақстанда илим, мектеп билимлендириўи, мәденият, көркем-өнер, туризм ҳәм
исбилерменликти раўажландырыўдың да жаңа перспективалары белгилеп берилди.
 

Атап айтқанда, Ҳүрметли
Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм
исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратыў,
салық жеңилликлерин белгилеп бериў бойынша қабыл еткен тарийхый
Пәрманлары республикамыздың экономикалық потенциалын және де арттырыўға тийкар
болып хызмет етпекте.
 

Әлбетте,
бундай унамлы жумыслар елимизде инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин екенлигин
және бир мәрте дәлиллеп бермекте.
 

Әзизлер! Кɵз алдыңызда бой
тиклеп атырған зәўлим имаратлардың, айдын жоллар менен кең кɵшелердиң курылысы,
елимиздиң абаданлығы жолында исленип атырған жумыслар халқымыздың беккем
аўызбиршилиги, ертенги күнге болған исениминиң арқасында еледе
даўамлы бола береди. 

Әзизлер! 

Районымыз кɵлеминде ҳәр
бир тараўда ерисилип атырған жетискенликлер, реформалардың ҳәр бири бизге үлкен
күш бағышлап еле де нәтийжели жумысларға бағдарлаўы сөзсиз! районымыздың буннан
былайда раўажланыўы, ҳәр бир тараўда алға илгерилеўи ушын өз ўазыйпасын
жигерлилик пенен атқарыўға, халқымыздың пәраўан турмыста жасаўы ушын қолда бар
имканиятларымызды иске қосып аўызбиршилик пенен ҳәмме теңдей алға қарай ҳәрекет
етиўге шақыраман.
 

Және бир мәрте ең уллы, ең
әзийз әййям - Ғәрезсизлик байрамы бәршеңизге қутлы болсын, Әзиз дослар!
 

Б.Искендеров 

Халық депутатлары Кегейли районлық

Кеңеси Секретариаты баслығы