ДЕПУТАТ САЙЛАӮ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИ ҮЙРЕНДИ
♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова «Кеңес» АПЖ аймағында болып, социаллық объектлердың жумысларын үйренди.
✅ Үйрениўлер даўамында депутат аймақтағы билимлендириў мәкемелериниң жумысы, оларда пуқаралар, соның ишинде жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Соны менен бирге, мәкемелердиң гүз-қыс мәўсимине таярлығы, материаллық-техникалық базасының жағдайына айрықша итибар қаратылды.
✍️ Үйрениў жуўмақлары бойынша анықланған кемшиликлерди сапластырыў, социаллық объектлердиң искерлигин еле де раўажландырыў бойынша тийишли тараў қәнигелерине ўазыйпалар белгилеп берилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.