Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Есемуратов, “МШБШ” басланғыш партия шөлкеми ағзалары қатнасты.
Конституция –ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк -ықрарын өзинде сәўлелендириўши нызам болып есапланады.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар Конституциямыздың мазмун-мәниси, турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматқа ийе болды ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.