Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
янв.21
Қўрғонтепада кутилмаган қарорлар: Сессияда нималар бўлди?
янв.21
Қўрғонтепа Кенгашида ёшлар ва спорт масалалари муҳокама қилинди
янв.21
МАҲАЛЛА РИВОЖИ-ТУМАН ТАРАҚҚИЁТИ
янв.21
Қўрғонтепа туманида ёшлар тарбиясига қаратилган тадбир бўлиб ўтди!
янв.21
🌙 Qo'rg'ontepada fayzli iftorlik va hisobot uchrashuvi! 🌙
янв.21
Bahor nafasi: Deputat A.Ikromov xonadonida tamorqa ishlari avjida!
Нөкис районында «Нукус бройлер» кәрханасының жумысы жолға қойылды

Нөкис районында «Нукус бройлер» кәрханасының жумысы жолға қойылды

Бүгинги күнде елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар усы илажлардың жаңа басқышқа көтерилиўине беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Бүгин Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынында «Нукус бройлер» кәрханасының ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев ҳәм Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов жаңа кәрхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Улыўма 40 млрд.сум қаржы есабынан иске түсирилип атырған кәрханада жылына 1920 тонна таўық гөши жетистириледи. Ҳәзирги ўақытта аймақта жасаўшы 35 адамның бәнтлиги тәмийинленген болып, кәрхананың толық қуўатлықта иске түсиўи менен 100 ге жақын жаңа жумыс орны жаратылады.

Әлбетте, халқымызды азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўге бағдарланған бундай жаңа жойбарлардың көбейиўи ҳәм иске түсирилиўи ѳз нәўбетинде елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий кѳриниси болып табылады. 

Slide 1 of 6