Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ҲИСОБОТЛАР ТИНГЛАНДИ ЭНДИ НАТИЖА ҚАНДАЙ БЎЛАДИ?
янв.21
ЯНГИ ҲАФТА — ЯНГИ ВАЗИФАЛАР: КОТИБИЯТДА ИШ РЕЖАСИ ТАСДИҚЛАНДИ!
янв.21
ИНФРАТУЗИЛМА ИШЛАРИ ДЕПУТАТЛАР НАЗОРАТИДА
янв.21
ЧИҚИНДИ ВА СПОРТ ИНШООТЛАРИ: ҲОЛАТ ҚАНДАЙ?
янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
#Мүнәсибет

"Кәсиплик ваучер" - жаслар келешегине қаратылған әҳмийетли қәдем

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўында жәрияланған "кәсиплик ваучер" басламасы мәмлекетимиз жаслары ушын жаңа имканиятлар есигин ашады. Бул система арқалы қолында кәсиби болған, бирақ халықаралық талапларға сәйкес жаңа билим ҳәм көнликпелерди иелеўди қәлеген жасларға проценциз ссуда түринде финанслық жәрдем бериледи.

Ең әҳмийетлиси, бул бағдарлама ҳәр жылы 50 мың жастың заманагөй ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди үйрениўине хызмет етеди. Бул болса жаслардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жоқары дәраматлы жумыс орынларына ийе болыўы ҳәм өз бизнесин баслаўы ушын беккем тийкар жаратады.
Бүгинги күнде билим ҳәм тәжирийбе ең үлкен байлық есапланады. Усы көзқарастан, "кәсиплик ваучер" тек ғана жаслардың жеке раўажланыўына емес, ал мәмлекет экономикасының турақлы өсиўине де мүнәсип үлес қосады. Бул баслама мәмлекеттиң жасларға болған итибары ҳәм исениминиң және бир әмелий көриниси болып есапланады.

Жаслар бул имканияттан нәтийжели пайдаланып, өз үстинде ислесе, тек ғана өз келешегин емес, ал Жаңа Өзбекстанның раўажланыўын да биргеликте қурады.

Улбазар УРИНБАЕВА,
Халык депутатлары Мойнак раойнлык кенеси депутаты, ОзХДП депутатлык топары басшысы