Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
«Режа аниқ, мақсад ягона: Қўрғонтепа туман Кенгаши котибияти ўз фаолиятини қатъий назорат остида давом эттиради»
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИ РАҲБАРИЯТИ ВА КОТИБИЯТИ
янв.21
ҲИСОБОТЛАР ТИНГЛАНДИ ЭНДИ НАТИЖА ҚАНДАЙ БЎЛАДИ?
янв.21
ЯНГИ ҲАФТА — ЯНГИ ВАЗИФАЛАР: КОТИБИЯТДА ИШ РЕЖАСИ ТАСДИҚЛАНДИ!
янв.21
ИНФРАТУЗИЛМА ИШЛАРИ ДЕПУТАТЛАР НАЗОРАТИДА
янв.21
ЧИҚИНДИ ВА СПОРТ ИНШООТЛАРИ: ҲОЛАТ ҚАНДАЙ?
янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
Мүнәсибет

#Мүнәсибет

❗️ТАРИЙХЫЙ ГОЛ ҲӘМ МИЛЛИЙ МАҚТАНЫШ

♻️ Бүгин өзбек футболы жылнамасында пүткиллей жаңа ҳәм жарқын бет ашылды. Тәжрийбели ҳәм қәбилетли футболшыларымыздан ибарат Өзбекстан сайланды командасы дүняның ең абырайлы спорт мапазы - Жәҳән чемпионатында өз дебютин өткерди. Қубла Американың күшли ҳәм тәжирийбели ўәкиллеринен бири болған Колумбия сайланды командасына қарсы болып өткен ойын миллионлаған ўатанласларымыздың жүрегин шексиз толқынлатын жиберди десек қәтелеспеймиз.

✅ Миллий командамыздың ярым қорғаўшысы Аббосбек Файзуллаев ойынның 60-минутында бас пенен урған голы арқалы мәмлекетимиз футбол тарийхында жәҳән чемпионатындағы биринши гол авторы сыпатында ат қалдырды.
"Бул гол - тек ғана қарсылас дәрўазасына киргизилген топ емес. Бул - жыллар даўамында әрман етилген, миллионлаған жүреклер бир тән, бир жан болып күткен ҳәм футболымыздың халықаралық майдандағы уллы келешегинен дәрек беретуғын тарийхый сәт!"
Ўатанласларымызды алдында және бир әҳмийетли, соның менен бирге футбол ықласбентлери интизарлық пенен күтип атырған кескин беллесиў күтпекте. Миллий командамыз топар басқышындағы гезектеги ушырасыўын 23-июнь күни АҚШтың Хьюстон қаласындағы саўлатлы "NRG" стадионында дүнья футболының грандларынан бири ҳәм жәҳән чемпионатының фаворити есапланған Португалия сайланды командасына қарсы өткереди.

➡️ Ойын нәтийжесине қарамастан, биз жигитлеримиздиң күшине, олардың мәртлиги ҳәм жеңиске болған умтылысына исенемиз.
Футболшыларымызға усы жуўапкершиликли ушырасыўда үлкен табыслар, жоқары тактикалық шеберлик ҳәм әўмет яр болыўын тилеп қаламыз!

Сыдық НУРМАМБЕТОВ,
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңеси
ҳәм де Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси жанындағы Жаслар мәслаҳат топары баслығы

Slide 1 of 1