Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
янв.21
Қўрғонтепада кутилмаган қарорлар: Сессияда нималар бўлди?
янв.21
Қўрғонтепа Кенгашида ёшлар ва спорт масалалари муҳокама қилинди
янв.21
МАҲАЛЛА РИВОЖИ-ТУМАН ТАРАҚҚИЁТИ
янв.21
Қўрғонтепа туманида ёшлар тарбиясига қаратилган тадбир бўлиб ўтди!
янв.21
🌙 Qo'rg'ontepada fayzli iftorlik va hisobot uchrashuvi! 🌙
Депутатлар бағы

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында пүткил елимиз бойлап әмелге асырылып атырылған мақсетли ислер биринши нәўбетте пуқараларымыз ден саўлығын сақлаўда тийкарғы әҳмийетке ийе болып, ана тәбиятымыздыӊ ажыралмас бөлеги болған жасыл аймақларды кеӊейттириў имканын бериў менен бир қатарда елимизде ықлым шараятын еледе жақсылаўға хызмет қылады. Усы тийкарда Қараөзек районы халқы да кеӊ көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў иләжларына белсене қатнасып, әтирап аймақ тазалығын сақлаў жумысларына өз үлеслерин қосып келмекте. Район орайындағы «Дослық» дем алыў паркинде «Депутатлар бағы» шөлкемлестирилип, мийўели, көркем терек ҳәм гүл нәллери отырғызылды. Бул иләжға районлық Кеӊес депутатлары, сиясий партия белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты. Буннан соӊ Екинши дүнья жүзлик урыс қатнасыўшыларына арналған естелик әтирапында абаданластырыў жумыслары алып барылды. 

Slide 1 of 1