Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бельгия мамлекетине əмелий сапары  мəмлекетимиз сыртқы сиясатының тийкарғы  бағдарларынан бири болған Европа Аўқам мəмлекетлери менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен əҳмийетке ийе.

Сапар шеңберинде өткерилген ушырасыў ҳəм өз-ара келисиўлер еки мəмлекет арасындағы сиясий, экономикалық, мəдений-гуманитарлық байланысларды жəне де беккемлеўге қаратылғаны менен əҳмийетли болды. Атап айтқанда, инвестиция, “жасыл экономика”, санлы технологиялар, тəлим ҳəм Туризм тараўларында қатар келисимлерге ерисилгени мəмлекетимиз раўажланыўына хызмет етеди.

Бул сапардың əҳмийети сонда, ол мəмлекетимиз экономикасын модернизациялаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың социаллық турмысын жақсылаўға қаратылған сиясатты əмелге асырыўда зəрүрли фактор болады. Соның менен бирге, Европа тəжирийбесин енгизиў арқалы тəлим, ден-саўлықты сақлаў жəне социаллық қорғаў системаларын раўажландырыў мүмкиншилиги жаратылады.

Президент сапары шеңберинде ерисилген келисимлер мəмлекетлер аралық бирге ислесиў, халықларымыз арасындағы өз-ара исеним ҳəм дослықты да беккемлейди.

Рейипназар САПАРНИЯЗОВ, Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, партия топары басшысы.