Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
МҮНӘСИБЕТ

Президент қарары - жаңа имканиятлар тийкары

Нөкис районында Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы ПҚ-248-санлы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийетин түсинидириўге бағышланған үгит-нәсият илажы өткерилди.

"Ақманғыт" басланғыш партия шөлкеми аймағында шөлкемлестирилген илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы Н.Кышанов сөзге шығып, қарардың мазмуны ҳәм әҳмийети түсинидирилип, қарарда белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, соның ишинде, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы өсиў көрсеткишлери және район инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар, сондай-ақ, райондағы 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин 5,3 млрд сум қаржы есабынан реконструкциялаў белгиленгенлиги ҳаққында мағлыўмат берилди.

Оннан соң, Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы Р.Сапарниязов, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Ғ.Сабуровлар сөзге шығып, районда алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында айтып өтти.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Slide 1 of 1