Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
янв.21
Қўрғонтепада кутилмаган қарорлар: Сессияда нималар бўлди?
янв.21
Қўрғонтепа Кенгашида ёшлар ва спорт масалалари муҳокама қилинди
янв.21
МАҲАЛЛА РИВОЖИ-ТУМАН ТАРАҚҚИЁТИ
янв.21
Қўрғонтепа туманида ёшлар тарбиясига қаратилган тадбир бўлиб ўтди!
янв.21
🌙 Qo'rg'ontepada fayzli iftorlik va hisobot uchrashuvi! 🌙
янв.21
Bahor nafasi: Deputat A.Ikromov xonadonida tamorqa ishlari avjida!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ 2025-жыл 14-июль күнги 01-12/08-148-санлы тастыйықланған кестеси менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутатлары, Кеңес жанындағы «Жаслар мәсләҳәт топары» ағзалары қатнасында өткерилетуғын илажлар Режеси тийкарында кеңейттирилген мәжилис Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ 2025-жыл 14-июль күнги 01-12/08-148-санлы тастыйықланған кестеси менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеси депутатлары, Кеңес жанындағы «Жаслар мәсләҳәт топары» ағзалары қатнасында өткерилетуғын илажлар Режеси тийкарында кеңейттирилген мәжилис Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында болып өтти. Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы А.Бегимова, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы Ҳ.Ешимбетов, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, Кеңес жанындағы «Жаслар мәсләҳәт топары» ағзалары, районлық сиясий партиялар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисте шығып сөйлеўшилер тәрепинен "Өзбекстан - 2030" стратегиясында көрсетип өтилген мақсетлер, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын трансформациялап, аймақлық басқарыўды "халық мәплерине хызмет етиў" принципи тийкарында жолға қойыўды талап етип атырғанлығы, әсиресе депутатлардың халық ўәкили сыпатында жуўапкершилигин еледе арттырыў, аймақты социал-экономикалық раўажландырыўда ҳәм парламентте кѳрип шығылыўы белгиленген ҳәр қандай нызамға ѳз усынысын бериў сыяқлы ўәкилликлериниң арттырылыўы Кеңес жумысын жаңа басқышта қайта кѳрип шығыў зәрүрлигин кѳрсететуғынлығы атап ѳтилди. Бул бағдарда жергиликли Кеңеслер искерлигинде жаңа басламалар менен депутатлар жумысын жетилистириў зәрүрлиги, жол қойылып атырылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў, депутатлар, Кеңес турақлы комиссиялары, «Жаслар мәслаҳәт топары» ҳәм сиясий партиялар депутатлық топары искерлигин еледе жанландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Slide 1 of 11