Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты администрациясы аймақлық ўәкиллик органлары искерлигин үйрениў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Жергиликли Кеңеслердиң искерлигин үлгили шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары" машқалалар ҳәм шешимлер" атамасында көргизбели семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты администрациясы аймақлық ўәкиллик органлары искерлигин үйрениў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген "Жергиликли Кеңеслердиң искерлигин үлгили шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары" машқалалар ҳәм шешимлер" атамасында көргизбели семинар болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2025-жыл 28-январьдағы "Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын үлгили шөлкемлестириў ҳаққында"ғы КҚ-51-V-санлы қарары менен Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси Үлгили Кеңес етип белгиленди.

Усы қарар тийкарында 2025-жыл 1-июльға шекем Нөкис қалалық Кеңесиниң жумысын тастыйықланған нормалар тийкарында толық жолға қойыў, үлгили жолға қойылған Нөкис қалалық Кеңесиниң тәжирийбесин аймақтағы басқа жергиликли Кеңеслерине енгизиў мақсетинде әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Семинарды Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси баслығы А.Данияров алып барды.

Бүгинги семинарды Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Сенаторы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары ҳәм комитет баслығы, жергиликли

Кеңесиндеги турақлы комиссия баслықлары ҳәм де секретариат баслықлары, сондай-ақ, ЗООМ платформасы арқалы Олий Мажлиси Сенаты аппараты, районлардағы партия топар баслықлары қатнасты.

  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев семинарды ашып берди.

Семинарда сенатор Орал Атаниязова баянат жасап, жергиликли Кеңеслердиң әҳмиети, тийкарғы миннетлемелери, жумыс усыллары, нәтийжелилик көрсеткишлерин баян етти.

Сондай-ақ,Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли комитетлери хызметкерлериниң баянатлары тыңланды.

Slide 1 of 7