Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
Мүнәсибет

Соңғы ўақытлары жергиликли Кеңес депутатларының аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының искерлиги үстинен қадағалаў орнатыў ҳәм пуқараларымызды қыйнап киятырған машқалаларды шешиў бағдарындағы ҳәрекетлер шеңбериниң кенейиўи өз нәтийжесин кѳрсетпекте. Алдынлары, жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери саны 20 ға да жетпеген болса, кейинги жылларда ўәкиллик саны 120 дан асты. Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл февраль айындағы "Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен 33 функция ҳәм ўәкиллик атқарыў ҳәкимиятынан жергиликли Кеңеслерге өткерилди. Ал, 2025-жыл 23-июньде қабыл етилген "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Президент пәрманы халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў бағдарында алға сүрилген кең көлемли реформалардың "Күшли Кеңес, есап беретуғын ҳәм басламашы ҳәким" принципин жүзеге шығарыўда әҳмийетли қәдем болды. Қабыл етилген бул Пәрман негизинде жергиликли Кеңеслердиң әпиўайы ғана уйым емес, ал халықтың машқалаларын жоқарыға алып шығатуғын, тәсиршең күшке айланыўы ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етери сѳзсиз. Және де, енгизилип атырған жергиликли Кеңеслер ўәкилликлериниң нәтийжесинде депутатлар менен халықтың бирге ислесиўи беккемленип, жергиликли Кеңес депутатлары тек ғана ѳткерилген сессияларда атқарыўшы ҳәкимият шығарған қарарларды тастыйықлап бериўшилер емес, бәлким халық машқалаларын шешиўде исенимли буўын болып хызмет етери сѳзсиз.

А.Тлеуов

Халык депутатлары Мойнақ районлық депутаты

Slide 1 of 1