Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
APREL OYIDA AMALGA OSHIRILADIGAN MUHIM ISHLAR
янв.21
ГАЗ ТАЪМИНОТИ ВА ЧЕККА ҲУДУДЛАР: ДЕПУТАТЛИК НАЗОРАТИ КУЧАЙТИРИЛАДИ
янв.21
МАРТ ОЙИДАГИ УСТУВОР ВАЗИФАЛАР ВА НАЗОРАТ ТАДБИРЛАРИ
янв.21
ХАЛҚ ИЧИДА САМИМИЙ МУЛОҚОТ: МУАММОЛАРНИНГ ЕЧИМИ БОШ МАҚСАДИМИЗ!
янв.21
БЕПУЛ ҲУҚУҚИЙ ЁРДАМ — ЭНДИ ЯНАДА ЯҚИН!
янв.21
Бугунги сессия туман аҳли учун муҳим бўлган қарорлар билан якунланди!
янв.21
ХАЛҚ ДЕПУТАТЛАРИ ҚЎРҒОНТЕПА ТУМАН КЕНГАШИГА ЯНГИ РАИС САЙЛАНДИ!
янв.21
Қўрғонтепа туманида муҳим сессия
янв.21
Халқ саломатлиги - депутат назоратида
янв.21
Туман чиқинди сувларни тозалаш иншоотидаги муаммо депутат эътиборидан четда қолмади
"Тәрбия шаңарақтан басланады"

Нөкис районы "Арбашы" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде аймақ турғынлары менен "Тәрбия шаңарақтан басланады," "Кеңпейиллик бизге тән," "Ҳүждан еркинлиги ҳуқықы - турақлылық факторы" темаларында хәм 15-май — Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Илажда шығып сөйлегенлер тәрепинен шаңараққа итибар ҳәм сергекликти асырыў, перзентлеримиздиң тәрбиясы изден шығып, жаўызлық идеялары тәсирине түсип қалмаўы, оларды билим алыўға, китап оқыўға қызықтырыў, сондай-ақ, халықтың әсиресе, жаслар арасында миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик орталығын беккемлеў, ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў, жәмиеттеги унамсыз иллетлерге, қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў иммунитетин қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпалардан екени ҳаққында сөз етилди.

Илажға Нөкис районы Халық депутатлары секретариаты баслығы Н.Сейтназаров, Дин ислери бойынша комитеттиң районлық бас қәнигеси Д.Тауекелов, "Ақмаңғыт таңы" газетасы редакторы А.Хожаназаров, Психология илимлери-докторы М.Өтепбергенов, районлық спорт мектеби директоры Б.Жуманиязов, районлық Мәлимлеме-китапхана орайы бөлим баслығы Е.Салимовлар қатнасты.

Slide 1 of 3