Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ «Орайлық Азия жаӊа дәўир босағасында» атлы мақаласын үгит-нәсиятлаў бойынша ушырасыў өткерилди. Онда Халық депутатлары районлық Кеӊеси депутаты C.Сайымова ҳәм сайлаў округи аймағындағы социаллық мәкеме, шөлкем ўәкиллери қатнасты. Илажда депутат С.Сайымова тәрепинен Президентимиздиӊ мақаласы мазмун-мәниси ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған кеӊ көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.